Siyosat ХАЛЫҚ ҚАБЫЛЛАЎХАНАСЫ СИЗИҢ ХЫЗМЕТИҢИЗДЕ!

ХАЛЫҚ ҚАБЫЛЛАЎХАНАСЫ СИЗИҢ ХЫЗМЕТИҢИЗДЕ!

0
ХАЛЫҚ ҚАБЫЛЛАЎХАНАСЫ СИЗИҢ ХЫЗМЕТИҢИЗДЕ!

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл  28-декабрьде қабыл етилген «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында, орынларда шөлкемлестирилген Халық қабыллаўханалары өз жумысларын баслап жиберди. Тийкарғы ўазыйпасы-халық пенен тиккелей байланысты беккемлеў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықларын қорғаў болған Халық қабыллаўханасы районымыздағы финанс бөлими имаратының биринши қабатында жумыс алып барып атыр. 

Районлық Халық қабыллаўханасы бүгинги күнде халқымыздың дәртин, машқаласы менен пикирлерин тыңлап, өз жумысын даўам етип атыр.

Халық қабыллаўханасына ҳәзирге дейин пуқаралардың 71 мүрәжаты келип түскен. Қабыллаўхананың материаллық-техникалық мүмкиншиликлери кеңейип, хызметкерлер менен мүрәжат етип келиўшилер ушын қолайлы жағдайлар жаратылған.

Халық қабыллаўханасы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеп, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыўда, халық мүрәжаты өз унамлы шешимин табыўда, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында нәтийжели хызмет атқарады деп исенемиз.

Халық қабыллаўханасы Дослық гүзары көшеси бойында жайласқан болып, пуқаралар мүрәжаты саат 9-00 дан 18-00 ге шекем қабылланады.

Мүрәжат ушын 435-10-00 ҳәм 435-12-80 телефонларына қоңыраў етсеңиз болады.

   

Гүлнара БЕГДУЛЛАЕВА