Siyosat CИЗДИ ҚЫЗЫҚТЫРFАН СОРАЎЛАР

CИЗДИ ҚЫЗЫҚТЫРFАН СОРАЎЛАР

0
CИЗДИ    ҚЫЗЫҚТЫРFАН    СОРАЎЛАР

Сизди қызықтырған сораўларға районлық ПҲАЖ бөлими баслығы Айнагүл САFЫНДЫҚОВА жуўап береди.

Сораў: Мен Тахтакөпир районында туўылып, сол жерде жасадым. 1999-жылы Тахтакөпир районлық ПҲАЖ бөлиминен нызамлы түрде некеден өттим. Ҳәзирги күнде жумыс жағдайыма бола басқа қалада жасайман. Шаңарақта бир перзентим бар. Өз-ара келиспеўшиликлер менен некемди бийкарламақшыман. Буның ушын Тахтакөпир ПҲАЖ бөлимине барыўым керекпе?

Жуўап: Сиз бүгинги күнде Өзбекистан Республикасы аймағында жасайтуғын болсаңыз, перзентиңиз 18 жасқа толмаған болса, сиз пуқаралығыңызды тастыйықлаўшы ҳүжжет паспортыңыз, неке дүзилгенлиги ҳаққындағы гүўалығыңыз, балаңыздың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы менен өзиңиз жасап турған жердеги пуқаралық судына мүрәжат ете аласыз.

Сораў:  2015-жылы Россия мәмлекетинде оқып жүрип перзентли болдым. Туўылғанлық ҳаққында гүўалықты өзим жасап турған жерден алыў имканияты барма?

Жуўап: Өзбекистан Республикасы ПҲАЖ органларының 2013-жыл 31-декабрьдеги №400 мх санлы иш жүргизиў тәртиби ҳаққындағы қолланбаның §3-59 бәнтине муўапық сиз жасап турған жериңиздеги ПҲАЖ бөлимине ҳүжжетлериңиз бенен мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Арза, паспорт нусқасы, неке дүзилгенлиги ҳаққында гүўалық, баланың туўылғанлығы ҳаққында медициналық мағлыўматнама, балалар поликлиникасынан баланың ден-саўлығы њаққында сүўрети көрсетилген мағлыўматнама. өарақалпақстан Республикасы ПҲАЖ архивинен ҳәм Россия Федерациясы ПҲАЖ архивинен  сол балаға тийисли фамилия, исми, әкесиниң исми көрсетилген туўылғанлығы ҳаққында гүўалық рәсмийлестирилмегенлиги ҳаққында мағлыўматты тапсырыўыңыз зәрүр. Жасаў жериңиздеги ПҲАЖ бөлими сизге нызамлы түрде арзаңызға тийкарланып туўылғанлық ҳаққында гүўалықты рәсмийлестирип береди.

Сораў: Мен жақында жай сатып алдым. Ҳүжжетлестириў ушын нотариусқа мүрәжат етсем,  жай марҳум адамның атында ҳәм оған өлими ҳаққында гүўалық кереклигин айтты. Жай ҳүжжетлери менен өлим ҳаққында гүўалық алыў ушын өзим ПҲАЖ бөлимине мүрәжат етсем болама?

Жуўап: Өзбекистан Республикасы ПҲАЖ органларының 2013-жыл 31-декабрьдеги №400 мх санлы ис жүргизиў тәртиби ҳаққындағы қолланбаның  §10-172-бәнтине тийкарланып, өлим ҳаққындағы тәкирарий гүўалықларды яки акт жазыўларынан көширмелерди тек ғана марҳумның, яғный, сизиң алған жайыңыздың марҳум ийесиниң жақын туўысқанларына, яки болмаса  оның мийрасхорларына, олардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети менен арзасына тийкарланып бериледи.