Siyosat ХАЛЫҚТЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНБАҚТА

ХАЛЫҚТЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНБАҚТА

0
ХАЛЫҚТЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНБАҚТА

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен быйылғы жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп аталыўының негизинде инсан мәплериниң ҳәмме нәрседен үстин екенлигин дәлийллеўши уллы мақсетлер ҳәм ўазыйпалар жатады.

Усы мақсетте 14-санлы «Белтаў» сайлаў округинен Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты ретинде аймақта жасаўшы ҳәр бир шаңараққа кирип барып, олардың жасаў жағдайлары, социаллық-экономикалық машқалалары үйренип шығылып, пуқаралардың мүрәжатлары тийисли орынларға жиберилди.

Тастыйықланған кесте тийкарында қабыллаў күнлерин өткергенимде аймақ турғынлары Нурғалий Жалмуратов ҳәм Турғанбай Отарбаевлар Өзбекистан Республикасы пуқаралығын алыўы ушын жәрдем сорап мүрәжат етти. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 20-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасы пуқаралығына қабыл етиў ҳаққында»ғы Пәрманына  тийкарланып, районлық ишки ислер бөлими баслығына бул пуқаралардың пуқаралығын алыўы ушын жәрдем бериўин сорап, депутатлық сораўымды қойдым.

Аймағымыздағы «Экос-50» суў станциясында суўды тазалап бериўши үскенелери истен шыққан еди. Егер оған оңлаў жумыслары алып барылса, олар таза ишимлик суўы менен тәми-йинледи. Бул да халқымыздың тилек-өтинишлериниң бири саналады.

«Белтаў-Дәўқара» автомобиль жолына оңлаў жумыслары қәжет екенлигин билдирип, көпшилик пуқараларымыз мүрәжат етти. Бул бойынша райондағы жол хожалығын кесип алыў, ислеў ҳәм пайдаланыў кәрханасы баслығы М.Пазылбековқа ҳәм ишки жоллардың асфальтланып оңланыўы ушын районлық абаданластырыў басқармасы баслығы А.Абдимановларға сораўларымды жиберип, жуўаплар алдым.

Тийкарынан алғанда, быйылғы жылда халық пенен пикирлесип, олардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң сыпаты ҳәм нәтийжелилигине итибар қаратыў арқалы халқымыздың ертеңги күниниң жарқын болыўына ерисемиз.

 

Ж.ӨТЕПОВА

Районлық Кеңестиң депутаты