Siyosat Пахта жыйын-теримине белсене қатнасайық

Пахта жыйын-теримине белсене қатнасайық

0
Пахта жыйын-теримине белсене қатнасайық

Шөжени гүзде санаймыз. Яғный, дийқанның мийнети зүрәәти арқалы сыналатуғын әйне мәҳәл келди. Кластерлер арқалы ендиги зүрәәтимиз өзимизде қайта исленип, экспортқа жибериледи. Жаңа жумыс орынлары жаратылады. Атызларымызда болса көрип турғаныңыздай еле пахта көп. Оны күнниң бүгингидей ашық-жарығында жыйнап-терип алыў керек. Күни кеше болып өткен жаўын-шашын дийқанның да, теримшиниң де қолын ириккени рас. Деген менен ҳаўа райы өз ўазыйпасын өтеп атыр. Себеби, гүздиң дәслепки айы  жуўмақланыў алдында. Синоптиклердиң берген мағлыўматлары ҳәпте ақырында күн салқын болып, жаўын-шашын болыўын болжамақта. Сонлықтан да санаўлы күнлерде дийқанның қол қанаты болып ҳәм дәрамат дерегине ийе болайық десек, пахта жыйын-теримине белсене қатнасайық.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети