Siyosat БИОЛАБОРАТОРИЯЛАР ИСКЕРЛИГИ МЕНЕН ТАНЫСТЫРЫЎ МАҚСЕТИНДЕ ПРЕСС-ТУР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

БИОЛАБОРАТОРИЯЛАР ИСКЕРЛИГИ МЕНЕН ТАНЫСТЫРЫЎ МАҚСЕТИНДЕ ПРЕСС-ТУР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

22
БИОЛАБОРАТОРИЯЛАР ИСКЕРЛИГИ МЕНЕН ТАНЫСТЫРЫЎ МАҚСЕТИНДЕ ПРЕСС-ТУР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 9-ноябрьдеги “Өсимликлерди қорғаў ҳаққында”ғы Нызамына тийкарланып, тәбиятта биофондты раўажландырыў ҳәм зыянкеслер тарқалаўының алдын алыў ҳәм де оларға қарсы биологиялық гүрес ислерин шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 10-июнь сәнесинен 10-июль сәнесине шекем “Биологиялық қорғаў бойынша әҳмийетли отыз күнлик” жәрияланды.


Мине, усы әҳмийетли отыз күнли шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы ϴсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен Кегейли районында ғалаба хабар қуралларын биолабораториялар хызмети менен таныстырыў мақсетинде пресс-тур өткерилди.
Ҳәммемизге белгили, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл-хожалық өнимлерин жетистириўде жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиў ҳәм дийқаншылық мәдениятын асырыў ушын агротехникалық илажларды өз ўақтында кешиктирместен әмелге асырыў,  өсимликлерди зыянкес ҳәм кеселликлерден қорғаўда илимий жақтан үйренилген тәжрийбелерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыў бүгинги күнниң талабы есапланады
Ал, өсимлик зыянкес ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиўде биологиялық усылдан пайдаланыў сапалы өним жетистириўдиң тийкарғы шәртлеринен саналады.  Бул усылда тәбияттағы энтомофаглардан үнемли пайдаланыў (қырып жибермеў, егинлер арасына энтомофагларды шақырыўшы өсимликлерди егиў), трихограмма, бракон ҳәм алтынкөз сыяклы энтомофагларды биолабораторияларда көбейтип, далаға шығарыў ҳәм де микроорганизмлер тийкарында жаратылған биопрепаратларды қолланыў илажлары әмелге асырылады.


Биологиялық усылдың абзаллығы сонда, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын химиялык қураллардан пайдаланбастан көп түрлиликти сақлаў, экосистеманы жақсылаў, топырақ өнимдарлығын асырыў арқалы инсанлар саламатлығын қорғайтуғын органикалық, сапалы мол өним жетистириўге ерисиў мүмкин.
Өзбекстан Республикасының “Өсимликлерди қорғаў ҳаққында”ғы Нызамының 4-статьясында да өсимликлерди қорғаў тараўындағы тийкарғы принциплер ретинде, биологиялық усылды қоллаў әҳмийети атап өтилген.
ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-январдағы ведеоселектор жыйналысында Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берген еди. Атап айтқанда, биолабораториялардың хызметин муўапықластырыў ҳәр бир мәҳәлледе өсимликлерди қорғаў хызметлерин жолға қойыў, хожалықларда биоөнимлер жетистириў бойынша тараў хызметкерлерине тапсырмаларды көрсетип өткен еди.
Қарақалпақстан Республикасында аўыл-хожалық егинлерининиң зыянкеслерине қарсы гүресте биологиялық усылды кең қолланыў мақсетинде бүгинги күнде районларда 66 биолабораториялар хызмет көрсетип келмекте. Соннан 6 биолаборатория Кегейли районында хызмет көрсетпекте.
Ҳәзирги күнде усы хожалықларда жетистирилген биоөнимлер дала майданларына лаборатория хызметкерлери тәрепинен профилактика ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў мақсетинде тарқатылмақта.
Мағлыўмат сыпатында, 2024-жылдың бүгинги күнине шекем республикамыздағы барлық биолабораторияларда жетистирилген биоөнимлер муғдары алтынкөз энтофомагы – 299 млн. дана, трихограмма энтофомагы – 449 кг, ал бракон энтофомагы – 138 млн. дананы қурайды.
Бундай илажлардан тийкарғы мақсет, биологиялық усылды кең қолланыў ҳәм тәбиятта биофондты раўажландырыў арқалы органикалық таза ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жетистириўден ибарат.


Қарақалпақстан Республикасы ϴсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги мәлимлеме хызмети.