Халықты дизимге алыў илажы даўам етпекте
Халықты дизимге алыў илажы мәмлекетте жасаўшы бәршемизге тийисли болған демографиялық, экономикалық ҳәм социаллық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализлеў ҳәм жәриялаўдың бирден-бир процесси болып табылады. Ол халық ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дереги болып, келеси 10-20 жыллық раўажланыўдың прогноз көрсеткишлерин есаплаў ушын исенимли тийкар жаратады.
2024-жыл 4-март күнги ПҚ-114-санлы Президент қарарының қосымшасына муўапық, Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў илажы 2025-2026-жылларда өткерилиўи режелестирилмекте.
Бүгинги күнде районлық статистика бөлими тәрепинен халықты дизимге алыў илажына таярлық қызғын алып барылып атыр. Атап айтқанда, халықты дизимге алыўға пуқта таярлық көриў мақсетинде, ғалаба хабар қуралларынан кеңнен пайдаланып, халық арасында «Халықты дизимге алыў» илажының әҳмийети, мақсети ҳәм мазмун-мәниси менен таныстырыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, мәҳәллелерде мәнзил белгилери орнатылмаған үй-жайларды үйрениў жумыслары алып барылмақта. Үйрениўлер нәтийжесинде айырым мәҳәллелерде номерлестириў жумыслары толық жуўмағына жетпегенлиги, үй-жайлардың мәнзил белгилери ҳәм көше атама белгилери орнатылмаған жағдайлары анықланып атыр.
Үйрениў нәтийжелери бо-йынша аймақлар кесиминде аналитикалық мағлыўматлар таярланып, анықланған кемшиликлерди сапластырыўы ушын жергиликли ҳәкимликлерге турақлы түрде мағлыўматлар киргизилип, керекли илажлар көрилмекте.
Жоқарыдағылардан келип шығып, халықты дизимге алыў илажына пуқта таярлық көриў мақсетинде пуқараларымыздан үйлериңизде көше аты ҳәм үй номери көрсетилген белгилерди орнатыў зәрүр екенлигин еслетип өтемиз. Егер сизиң үйиңизде көше аты ҳәм үй номери көрсетилген белгилер болмаса ямаса ол ески, тат басқан, боялған ямаса анық оқылмаса, жаңа мәнзил белгилерин илдирип қойыўыңызды сораймыз. Бул сизиң халықты дизимге алыў илажына қосқан үлесиңиз болады.
Қурбанбай ЕМБЕРГЕНОВ
Районлық статистика бөлиминиң баслығы