Siyosat Крым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги

Крым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги

20
Крым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги

Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа (ҚКГЫ) кеселлиги – қоздырыўшысы вирус болған, өткир  қəўипли жуқпалы кеселлик. Бул кеселликтиң аўыр жағдайлары ақыбети өлим менен тамамланыўы мүмкин. 

Кеселлик вирусы тəбиятымызда тийкарынан кенелер арқалы тарқалады. Бул кеселлик адамларға үй ҳайўанларындағы кене шағыўы, оларды езип өлтириў, қойлардың жүнин қырқыў, кеселлик пенен аўырған наўқасты күтип қараған ўақтында жуғады 

Белгилери: Дене температурасы көтериледи, күшли бас аўырыў, булшық етлер, қарын аўырыўы, кеўил айныў, қусыў, иш кетиў, иштейдиң жоғалыўы белгилери пайда болады. Мурын, асқазан, ишек, тистиң түби (десна), жатыр ҳәм басқа ағзалардан қан кетиўи, кеселлик аўыр кешкен жағдайларда қан кетиў нәтийжесинде өлим менен тамамланыўы мүмкин. 

Алдын алыў: малларда ҳәм қораларда кене анықланса дәрҳал ветеринария хызметкерлерине хабарласып, кенеге қарсы дәрилеў өткериў, шарўа хожалығында ислеўшилер қырқым ўақтында қорғаўшы кийим (қолқап, етик, қалың материалдан тигилген узын жең кийим (комбинезон) кийиў, егер кене шақса яки қоллар кене қаны менен зыянланса, сабынлап жуўыў, кеселликтиң белгилери пайда болса дәрҳал аймақлық емлеў-профилактикалық мәкемесине мүрәжат етиў керек.

Тахтакөпир районы  Айрықша жағдайлар бөлими