Fan va ta'lim «Бес баслама олимпиадасы»ның мәҳәлле басқышы өткерилмекте

«Бес баслама олимпиадасы»ның мәҳәлле басқышы өткерилмекте

10
«Бес баслама олимпиадасы»ның мәҳәлле басқышы өткерилмекте

Бүгин Тахтакөпир районы «Қараой» ҳәм «Айдын жол» мәҳәллелеринде «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде «Жаслар ҳаўазы» фестивалы ҳәм спорт жарысларының мәҳәлле басқышлары өткерилди.

Оған мәҳәллелерден тийисли жас категориялары бойынша талантлы жаслар қатнасып өз-ара күш сынасты.

Жарыс соңында жеңимпаз болған жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы дипломлар тапсырылды ҳәм сектор басқышына жолланбалар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети