Fan va ta'lim Енди қантлы диабетти көзден билиў мүмкин

Енди қантлы диабетти көзден билиў мүмкин

20
Енди қантлы диабетти көзден билиў мүмкин

Россиялы алымлар кеселликти басланыў дәўиринде-ақ анықлаўдың өзгеше усылын тапты.

Бизге мәлим, бул кеселликтиң биз билген ҳәм билмеген көплеген белгилери бар. 

Мәселен, қанда глюкоза муғдарының асып кетиўи ақыбетинде көриў қәбилетиниң пәсейиўи, ҳәттеки улыўма жоғалыўы мүмкин. Бирақ, булар кеселликтиң орта ҳәм аўыр дәўирлеринде бақланған симптомлардур.

Россиялы алымлар ендигиден былай бул кеселликти басланыў дәўиринде-ақ анықлаўдың өзгеше усылын тапты. Олар жаратқан нейротармақ көз фотосүўретлери арқалы диабет ақыбетинде жүзеге келетуғын тор перде патологиясын анықлаў имканиятын береди. 

Инновациялық исленбе математикалық модел тийкарында ислейди. Яғный арнаўлы бағдарлама жасалма интеллект жәрдеминде диабетикалық ретинопатияға ерте басқышта, 88,7 пайыз анықлықта диагноз қояды. 

Буның ушын нейтармаққа наўқастың көз сүўретлери жайластырылыўы керек.

Алымлар жаратқан жаңа модел фотосүўретлерди жүдә жоқары тезликте анализлеп (тор пердесинде қан кетиўи, липидлер топланыўы, тамырлар өсиўи ҳәм дийўалларының жиңишкелесиўи сыяқлы белгилерге қарап), кеселликти анықлап береди.