Fan va ta'lim КӨРКЕМ СӨЗ ШЕБЕРИНЕ АРНАЛҒАН ӘДЕБИЙ КЕШЕ

КӨРКЕМ СӨЗ ШЕБЕРИНЕ АРНАЛҒАН ӘДЕБИЙ КЕШЕ

0
КӨРКЕМ СӨЗ ШЕБЕРИНЕ АРНАЛҒАН ӘДЕБИЙ КЕШЕ

ХХ әсирдеги қарақалпақ поэзиясының раўажланыўына айрықша үлес қосқан көркем сөз шеберлериниң бири,  Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Аббаз Дабылов болып табылады. Шайырдың дөретиўшилигинде халық аўызеки поэзиясының, әдебиятымыздың ҳәм шығыс әдебиятының ең жақсы дәстүрлери өзиниң көринисин тапты.  Шайыр өз қосықларын қыссаханлық жолы менен атқарыўшылық шеберлигине ийе талант ийеси де болды. Оның  күшли лиризмге, ақыл-нәсиятқа бай  дөретпелери қарақалпақ әдебиятының жанрлық жақтан байыўында орны гиреўли болды. 
Быйыл шайырдың туўылғанына 125 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде әдебий саз-сәўбетли кеше болып өтти.
Кешеге Аббаз Дабыловтың улы Мурат Дабылов, ақлықлары Шынаўар Аббазова,  Саламат Аббазов ҳәм шаўлықлары, қуўлықлары қатнасты.
Кешеде шығып сөйлеўшилер шайырдың өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында гүрриң етти. Шайырдың улы Мурат Дабылов «Баҳадыр» дәстанынан қыссаханлық жолы менен үзинди атқарып берди. Шайырдың қуўлықлары да қосықларынан оқыды.
Биз А.Дабыловтың перзентлери менен гүрриңлесер екенбиз,  шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша биз билмеген бир қатар мағлыўматларға ийе болдық. 
Буннан соң мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойылып, онда талантлы оқыўшылар ша-йыр қәлемине тийисли намалы қосықлардан  атқарды, Аббаз жолы менен шығармаларынан оқыды.
Кешеде шайырдың өлмес мийрасларынан китаплар, сондай-ақ, шайырдың үй архивинен алып келинген фото сүўретлери көргизбеге қойылып, оқыўшыларға таныстырылды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА
3-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы