Siyosat Районда сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери хызмет сапарында

Районда сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери хызмет сапарында

0
Районда сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери хызмет сапарында

Тахтакөпир районында мәмлекетимиздиң сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери хызмет сапарында болып, район ҳәкими ҳәм тийисли тараў басшылары, сондай-ақ исбилерменлер менен ушырасып, район аймағындағы бир қатар ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў орынларында болды. Сондай-ақ райондағы мәкеме, шөлкем басшылары менен биргеликте халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, районға сырт ел инвесторларын тартыў ҳәм де туризм тараўын раўажландырыў бойынша пикир алмасты.  Буннан тысқары райондағы шарўашылыққа қәнигелестирилген "Сейит шарўа" фермер хожалығында болып, шарўашылықты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети