Siyosat Халықтың аманлығы жолында

Халықтың аманлығы жолында

0
Халықтың аманлығы жолында

Тахтакөпир районы аймағындағы 17 пуқаралар жыйынында жәми 7045 турақ жай болып, усы күнге дейин 5426 турақ жайлардың өрт қәўипсизлиги жағдайлары тийисли тараўлар менен биргеликте үйренип шығылды. Үйренип шығыў даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша турақ жай ийелерине ескертилип, тәбийий, суйылтырылған газ ҳәм жылытыў печьлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиў кереклиги бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Пуқараларымыз тәрепинен жылытыў үскенелеринен пайдаланған ўақытта қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етилмесе, ийис гази ҳәм өртлер менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың келип шығыўына себеп болыўы мүмкин. Буны ҳәр биримиз естен шығармаўымыз тийис.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети