Siyosat Судтың жаслар менен ушырасыўы

Судтың жаслар менен ушырасыўы

0
Судтың жаслар менен ушырасыўы

Жаслардың ҳуқуқый саўатын асырыў, оларды суд ислери менен еле де жақыннан таныстырыў мақсетинде жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судында “Суд ҳәм жаслар” атамасында ушырасыў өткерилди. 

Ушырасыўда жынаят ислери бойынша районлық судтың баслығы Д.Сражатдинов суд додалаўының әшкаралығы, суд ислери ҳаққында жәмийетке өз ўақтында объектив мағлыўмат бериў, әдил судлаўды әмелге асырыў, судлаў иси үстинен жәмийетлик бақлаўды тәмийинлеў ҳәм бүгинги күнде суд ҳуқуқ тараўында енгизилип атырған өзгерислер ҳаққында жасларға кең түрде түсиниклер берди.
Жаслар суд ҳәм оның қәнийгелери менен ашық сәўбетлесип, қызықтырған  сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети