Fan va ta'lim Районның аўыл хожалығы көрсеткишлери

Районның аўыл хожалығы көрсеткишлери

0
Районның аўыл хожалығы көрсеткишлери

Аўыл хожалығы егинлеринен мол хәм сыпатлы өним алыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша  районда  кең көлемли жумыслар  әмелге асырылмақта.
 2022-жылдың 1-октябрь жағдайына  шарўашылық тараўындағы көрсеткишлерди алатуғын болсақ, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда ири шақлы қарамаллар 105,1 пайыз (48236 бас) соның ишинде сыйырлар 100,1 пайыз (21101 бас), қой ҳәм ешкилер 104,1 пайыз (158075 бас), атлар 101,6 пайызға (3425 бас) өсти. 
 2022- жыл 1-октябрь жағдайына ислеп шығарылған шарўашылық өнимлерин атап өтетуғын болсақ, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда  гөш 103,9 пайыз (3982,8 тонна), сүт 105,4 пайыз  (8009,7 тонна) көп  жетистирилди.
 Сондай-ақ,  дийқаншылық тараўында 2022-жыл 1-октябрь жағдайына картошка 140,3 пайыз, баў-бақша 100,5 пайызға, мийўе 102,9 пайыз, жүзим 100,0 пайызға өндирилип,  өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда көп жетистирилди.  
 Усындай жетискенликлерге ерисип атырған аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм дийхан, фермер хожалықларымыздың саны күннен-күнге көбейип барса,  районымыздың социал-экономикалық көрсеткишлериниң буннан да жоқарылаўына өз үлесин қосқан болады.

Марат Аўезов
Районлық  статистика бөлиминиң жетекши қәнийгеси