Киши бизнес - экономикалық көрсеткишлеримиздиң тийкарғы таянышы
Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Район бойынша 2022-жылдың 1-октябрь жағдайына аймақта 906 хожалық жүргизиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери саны 397 ни қурайды. Дизимге алынған хожалық жүргизиўши субъектлерден ҳəрекет етип турғаны 772 субъект болса, соннан 372 си киши бизнес субъектлери болып есапланады.
Районымызда тийкарғы экономикалық көрсеткишлердиң басым көпшилиги киши бизнес субъектлери үлесине туўры келеди. Жыл басынан жаңадан 87 киши бизнес субъектлери ашылып, бүгинги күнде жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. 2022-жылдың 1-октябрь жағдайына район аймағында ҳәрекет етип турған 93 санаат кәрханалары тәрепинен 226,6 млрд. сум санаат өнимлерин ислеп шығарған болып , 112 пайызды қурады. Район бойынша аўыл, тоғай ҳәм балық хожалықлары көрсеткиши 310,1 млрд. сум болып, 102,9 пайызға, қурылыс ислери 93,2 млрд. сум болып, 115,1 пайызға, транспорт хызмети бойынша жүк айланбасы 10,6 млрд. сум болып, 100,8 пайыз, жолаўшы тасыў 50 млрд. сум болып, 103,9 пайызға орынланды. Сондай-ақ, сыртқы саўда айланысы 2022-жыл 1-октябрь жағдайына 1,7 млн. АҚШ долларын қураған. Усақлап сатыў товар айланысы 158,3 млрд. сум болып, 110,1 пайызға ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди экспортқа шығарыў 1,6 млрд. сум болып, 158,7 пайызды қурап, өткен жылға салыстырғанда ɵсим пәти тәмийинленди.
Усындай жетискенликлерге ерисип атырған киши исбилерменлик кәрханалары, дийхан ҳәм фермер хожалықларымыздың саны күннен-күнге көбейип барса, районымыздың социал-экономикалық көрсеткишлериниң буннан да жоқарылаўына өз үлесин қосып барады.
Қурбанбай ЕМБЕРГЕНОВ
Районлық статистика бөлими баслығы