“Математика-барлық пәнлерге тийкар”
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы.
“Анық ҳәм тәбийий пәнлер методикасы” кафедрасы тәрепинен 2022-жыл 7-12 –февраль күнлери “Математика пән айлығына” арнап өткерилген “Математика-барлық пәнлерге тийкар” атамасында тәжирийбе алмасыў кешеси болып өтти. Кешеде “Анық ҳәм тәбийий пәнлер методикасы” кафедрасының тәжрийбели оқытыўшылары ҳәм тыңлаўшылары өз баянатлары менен қатнасты. Кешеде математика пәнин оқытыўдың актуал машқалалары, ашық сабақлар ҳәм заманагөй оқытыў қуралларынан пайдаланыў бойынша пикир алмасыўлар болды. Тәжирийбе алмасыў кешесинде Тахтакөпир районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни оқытыўшысы Тулибаева Шахноза 11-класлар ушын арналған "Ньютон биномы" темасында көргизбели ашық сабағы менен қатнасты ҳәм ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети