Siyosat Жеңимпазлар район ҳәкиминиң қабыллаўында болды

Жеңимпазлар район ҳәкиминиң қабыллаўында болды

0
Жеңимпазлар район ҳәкиминиң қабыллаўында болды

Алдын хабар бергенимиздей районлық Халық Билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы ҳәм 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары "Ўатанымның гимнин жырлайман", "Мениң ҳуқық ҳәм мәжбүриятларым" көрик таңлаўының Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышларында 1-2 орынларды ийелеген еди. Усындай және бир қуўанышлы ўақыялардың бири 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Рамбергенова Наргиза Нөкис қаласында өткерилген "Ўатаным раўажланыўына мениң үлесим" көрик таңлаўының республикалық басқышында сыйлы 3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар район ҳәкиминиң қабыллаўында болып естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети