Ma'daniyat Жаслар газетасы халқымыз бенен

Жаслар газетасы халқымыз бенен

0
Жаслар газетасы халқымыз бенен

Жаслар турмысынан таярланатуғын үзликсиз түрдеги жаңалықлары менен халқымызға жақсы таныс басылымлардың бири "Қарақалпақстан жаслары" газетасының дүзилгенине быйыл 90 жыл толады. Жаслардың бирден-бир сырласына айланған бул жәмийетлик-сиясий газета өзиниң басып өткен тарийхий жолларында бир неше талантлы журналистлерди, жазыўшы-шайырларды жетилистирип шығарды.  Редакциядан көплеген қәлем ийелериниң "тиси" шықты. Бүгин басылымның дүзилгенине 90 жыл толыў мүнәсибети менен райондағы мәденият сарайында ушырасыў болып өтти. Район ҳәкими Жамбул Адилов газетаның юбилейи менен қутлықлап, редакция жәмәәтиниң алдағы дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи. Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов, "Қарақалпақстан жаслары" газетасы редакторы Шынаргүл Пахратдиновалар газетаның кешеги ҳәм бүгинги күни ҳаққында сөз етти. Газета ықласбентлери шығып сөйлеп, өзлериниң пикир усынысларын билдирди.

Г.Дәўлетмуратова