Siyosat Ғаўаша тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

Ғаўаша тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

0
Ғаўаша тәрбиясына бағышланған семинар-кеңес

А.Адилов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Даўытсай дала» фермер хожалығында усы жылдың зүрәәти ушын егилген ғаўаша майданларында суўғарыўдан кейинги шүдигарлаў, культивациялаў, жергиликли төгин шығарыў, шырпыў ҳәм өсиўин ретлеўши биостимуляторлар (Сожеан ҳәм Энтожеан) менен суспензия себиў жумысларын алып барыўға бағышланған көргизбели семинар кеңес болып өтти.

Семинар кеңеске Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, аўыл хожалығы министри А.Якупов, сектор баслықлары, районлық аўыл хожалығы, ирригация, ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлимлери, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, нефть шақапшалары, МТП ҳәм альтернатив МТП, коммерциялық банк, аўыл  хожалығы мекеме, кәрхана баслықлары менен пахташылық фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети