Siyosat Жыйналыс үгит-нәсиятлаўға арналды.

Жыйналыс үгит-нәсиятлаўға арналды.

0
Жыйналыс үгит-нәсиятлаўға арналды.

2021-жыл 26-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси болып өткен еди.
Жалпы мәжилисте 19 мәселе, соннан, 7 нызам додаланды.
Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында  мәжилисинде мақулланған нызамлар ҳәм көрип шығылған басқа мәселелерди үгит-нәсиятлаў  бойынша  жыйналыс болып өтти. 
Жыйналысты район ҳәкими Ж.Адилов басқарып барды
Жыйналысқа Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисинде мақулланған нызамлар ҳәм көрип шығылған басқа мәселелер бойынша район белсендилери ортасында үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў, жоқары палатаның тийисли қарарларында белгиленген тапсырмаларының орынланыўын үйрениў, усы мәселелерди халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен орынларда ислесиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис сенаты ағзасы, сенатор  Абат Данияров қатнасты.  
Жыйналысқа районнан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары ҳәм тийисли мәкемелер, кәрханалар, шөлкемлер басшылары қатнасты.
Жалпы мәжилисти үгит-нәсиятлаўға бағышланған жыйналыста районлық әдиллик бөлими баслығы Н. Калимбетов Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланған “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы Нызамның мазмун-мәниси бойынша  мағлыўмат берди.
Буннан соң  районы прокуроры П. Халмуратов Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Коррупцияға қарсы гүресиў искерлигин нәтийжели шөлкемлестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары бойынша шығып сөйледи. 
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис сенаты ағзасы, сенатор Абат Данияров күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өз-пикир усынысларын билдирди.

Гүлнара  ДӘЎЛЕТМУРАТОВА