Ma'daniyat Мейрамбек жас дөретиўшилер семинарына қатнасты

Мейрамбек жас дөретиўшилер семинарына қатнасты

0
Мейрамбек жас дөретиўшилер семинарына қатнасты

Усы жыл 3-июль күни республикамыздан бир топар жаслар "Зомин - 2021" Өзбекстан Республикасы жас дөретиўшилер семинарына жоллама алған еди. Олардың арасында жерлесимиз, 17-санлы орта мектептиң жаслар аўқамы жетекшиси, шайыр Мейрамбек Абдиқалиев те бар. Ҳәзир дөретиўши жаслар Зоминде семинарда қатнасып ҳәм әжайып тәбият қойнында кеўилли дем алды.Бул дөретиўши жаслардың бас қоспасы оларды және де илҳамландырса тәжип емес.

Жерлесимиз, талантлы жас қәлем ийеси Мейрамбек Абдиқалиевтиң бизге билдириўинше, бүгин дөретиўши жаслардың семинары өз жуўмағына жетти. Олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип хошаметленди.

Дөретиўши жаслар  әжайып таўлы тәбият қойнында бир әлем илҳәм-йош пенен туўылған жерине  қайтты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети