Ma'daniyat ЖАС ТАЛАНТЛЫЛАР ХОШАМЕТЛЕНДИ

ЖАС ТАЛАНТЛЫЛАР ХОШАМЕТЛЕНДИ

14
ЖАС ТАЛАНТЛЫЛАР ХОШАМЕТЛЕНДИ

XXI  әсир илим билим-лендириў тараўында болсын, техника тараўында  болсын,  жүдә үлкен жаңалықлар менен бирге жаңаланыўлар болып атыр. Олардан пайдаланыўда жақсы мүмкиншиликлер берилип,  мәмлекеттиң келешеги болған жас әўладқа болған  итибар күшеймекте .  Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёевтиң 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп белгилеўиниң өзи де   перзентлеримиздиң саналы, билимли инсан болып жетисиўинде биз устазларға үлкен үмит пенен исеним арттырды. 
Мектеплерде оқыўшыларға тыянақлы билим бериў менен бирге алға қойылған «Бес баслама» тийкарындағы илажлар бизиң  22-санлы мектебимизде турақлы түрде өткерип келинбекте.  
Бес басламаның биринши басламасы тийкарында жасларды  музыка, сүўрет салыў, әдебият, театр және көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылықларын арттырыўда, қәбилетин жүзеге шығарыўда оқыўшылар арасында «Жас талантлылар» атлы таңлаў өткерилип, жеңимпазлар хошаметленди. Таңлаўда оқыўшылар белгили шайырлардың қосықларын намасы менен атқарып, таңлаў қатнасыўшыларына зор кей-пият бағышлады. 
Жасларымыздың билимли, тәрбиялы, талантлы  болып жетисиўинде оларға қол-қанат болсақ, әлбетте олардан келешек ийелери жетилисип шығады.  
 

Жазира ТУРЛЫБАЕВА
22-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы