Fan va ta'lim МАЗМУНЛЫ ӨТКЕН АКЦИЯ

МАЗМУНЛЫ ӨТКЕН АКЦИЯ

8
МАЗМУНЛЫ ӨТКЕН АКЦИЯ

Райондағы 1-санлы улыўма билим бериў  мектебинде мектеп психологларының қатнасыўында «Өмир гөззал,  жасаў ушын 1001 себеп» атамасында кең көлемли  акция шөлкемлестирилди.
Акцияны шөлкемлестириўдеги мақсет, оқыўшылардың бири-бирин ҳүрмет етиўге тәрбиялаў, топарларда бирге ислесиўди қәлиплестириў, позитив орталықты жаратыў, оқыўшылардың еркин пикирлеў қәбилетин раўажландырыў, инсанлар арасындағы қарым-қатнас мүнәсибетлерин беккемлеў, минез-қулқындағы унамсыз тәреплерин  анализ етиўди үйретиўден ибарат.

Акцияда райондағы 1-5-8-13-15-17-санлы  мектеплердиң әмелиятшы  психологлары тренерлик етти.
«Өмир гөззал!» ураны арқалы болса ерте азаннан мектеп жәмәәти, оқыўшылар менен ата-аналар кеўилли күтип алынды. Өзлериниң пикирлерин стикерлер арқалы жазып қыстырды.


Акция шеңберинде  оқытыўшыларға «Кәсибимниң ең жақсы кәсип деп есапланыўының 1001 себеби» деген атамада  көрик таңлаў да шөлкемлестирилди. Буннан басқа қызықлы психологиялық  ойынлар, ата-аналар менен болса  «Бизиң шаңарағымыздың ең гөззал шаңарақ екенлигине 1001 себеп» темасында ҳәр қыйлы шынығыўлар өткерилди. Бунда ата-аналар перзентлери менен қаншама дәрежеде жакын мүнәсибетте екенин тексериў арқалы сораўлар ҳәм қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди. Акция 5-6-7-класс оқыўшылары арасында «Өмир-сени сүйемен!» атамасында сүўретлер таңлаўы менен даўам етти. Жеңимпазлар хошаметленип барылды. Тренингке оқыўшылар, ата-аналар, оқытыўшылар белсене қатнасыўы менен мазмунлы жуўмақланды. Олар өзлери ушын керекли мағлыўматларды алды және үлкен тәсирлер менен қайтты деп ойлаймыз. Усылайынша мектеплердиң әмелиятшы психологлары да өз-ара тәжирийбе алмасты.

Гүлнара Дәўлетиярова