Ma'daniyat Республикалық басқышына жоллама алды

Республикалық басқышына жоллама алды

0
Республикалық басқышына жоллама алды

Халық билимлендириў бөлими ҳəм Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң шөлкемлестириўинде «Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша ең үлгили үгит-нәсиятшы» таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Илажға барлық улыўма орта  билим бериў мектеплериниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары қатнасты. Таңлаў жуўмағында 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Изимбетова Муҳаббат ҳəм 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Турлыбаева Жазиралар жеңимпаз деп табылып, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети