Siyosat Гезек шор жуўыў жумысларына

Гезек шор жуўыў жумысларына

0
Гезек шор жуўыў жумысларына

 

Райондағы "Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Искендер тахта» фермер хожалығында гүзги ҳәм алдағы қысқы мәўсимде шор жуўыўға жер таярлаў, шор жуўыў, ирригация-мелиорация илажларының орынланыўы ҳәм суў хожалығы объектлери жанында терек егиў илажларына бағышланған  көргизбели семинар-кеңес болып өтти. Семинарда белгили болғанындай,  гүз-қыс мәўсиминде 10700 гектар майданда шор жуўыў жумысларын алып барыў режелестирилип, бүгинги күнге район бойынша 
512 гектар майдан тегисленип, 481 гектар майданға шел алынып, шор жуўыўға таяр етип қойылған. Семинар барысында алдағы дийқаншылықтағы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тараў қәнигелери өз-ара пикир усыныслары менен ортақласты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети