Siyosat Медиа тур өткерилди

Медиа тур өткерилди

0
Медиа тур өткерилди

Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен журналистлер менен районлық руўҳый ағартыўшылық орайы баслығының районда жаңадан қурылып, пайдаланыўға берилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине медиа туры басланды. "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 15-санлы МШБШ жумыс баслағанына енди ғана 5 ай толып атыр. Усы аўыл аймақтағы және Өзбекстан МПЖ аймағында жасаўшы шаңарақлардың балаларынан 80 бала тәрбияланып атыр. Яғный, қамтып алыў бағдары 70 пайыз. Шөлкем жәмәәти аўылларда үй тәрбиясында болып атырған 30 пайыз баланы да бақшаға қамтыў жолларын қарастырып атыр. Тәрбияшылар ушын да, кишкенелер ушын да китап қоры жыйналған. Тазалық, азадалықты ҳәр бир бөлмеден, асханадан да аңлаў қыйын емес. "Дәслепки қәдем" бағдарламасы тийкарында семинар жумысы да әйне усы шөлкемнен басланған. Журналистлер сондай-ақ, өзлерин қызықтырған сораўлар менен бирге тәрбияланыўшылар менен де сәўбетте болды. Олар өз бақшасын жақсы көреди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети