Siyosat Көшпели хызметлер - аўылларға

Көшпели хызметлер - аўылларға

0
Көшпели хызметлер - аўылларға

Районлық мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм районлық ПҲАЖ бɵлими хызметкерлери район орайынан алыс аймақта жайласқан "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында болып, кɵшпели мәмлекетлик хызметлер кɵрсетти.

Көшпели хызметлер даўамында пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурып питкерилген суў тармақларына (ЭКОС) жалғаныў, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары ҳаққында, некеде турмаслығы ҳаққында мағлыўматнамаларды алыў ҳәм балалар бақшасына жолламалар алыў бойынша, жәми 65 тен аслам мәмлекетлик хызметлер кɵрсетилди.
Сондай-ақ, усы аймақта жасаўшы жас хожалық ийелери болған Ж.Бақбергенов ҳәм К.Пиязовалар кɵшпели түрде некеден ɵткерилди. Қ.Жакеевтиң мүрәжаты бойынша некеден ɵткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалығының жойтылыўына байланыслы, неке гуўалығынан (дубликат) кɵширме берилди.
Иләж даўамында аймақ турғынларына 100 ден артық ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, исбилерменлик искерлиги ҳәм де тараўға байланыслы ислеп шығылған буклетлер тарқатылды.
Ɵз гезегинде аймақ турғынлары кɵрсетилген кɵшпели мәмлекетлик хызметлер ушын ɵз алғысларын билдирди. 
Солай етип, аўыл халқының қалаға қатнайтуғын және бир мүтәжы жеңилленип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети