Siyosat Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине  29-жыл толды

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине  29-жыл толды

0
Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигине  29-жыл толды

1991-жыл 18-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам  қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң нышаны болып есапланады.

Нызам менен мәмлекет лик байрақтың схематикалық ҳәм реңли кѳриниси тастыйықланған.

Мәмлекетлик байрақ көриниси түсирилген белгилерден Өзбекстан Республикасына тийислиликти белгилеӯ мақсетинде предметлерде, оқыӯ-тәрбия процесинде, сондай-ақ мәмлекетлик сыйлықлардың элементи сыпатында пайдаланыӯ мүмкин.

Ал, Мəмлекетлик байрақтың элементлерин мəмлекетлик емес шөлкемлери ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине, оның тəрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарып атырған ямаса реализация етилип атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткизиў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылмайды.

Мəмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағына уқсас болыўы мүмкин емес.

Мәмлекетликбайрақ:

нызам ҳүжжетлери менен белгиленген байрам күнлеринде – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ӯәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң қарарлары менен белгиленген орайлық көшелерде, майданларда, басқа жәмийетлик орынлар ҳәм объектлерде саат 6 да көтериледи ҳәм саат 22 де түсирип қойылады;

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаӯы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Сенат ағзалары, халық депутатлары Кеңеслериниң депутатлары сайлаӯы яки референдум күнлеринда — даӯыс бериӯ –ѳткерилип атырған имарат ҳәм ханаларда – даӯыс бериӯ ямаса референдум ѳткериӯ ӯақтында;

сырт ел мәмлекетлериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет баслықларының, басқа рәсмий делегациялардың халықаралық ҳуқық нормаларына, дипломатиялық протокол қағыйдаларына, сондай-ақ Өзбекстан Республикасында болыӯдың тастыйықланған бағдарламасына муӯапық транспорт қуралларында, вокзалларда, аэропортларда, жүриӯ жөнелиси бойынша ҳәм басқа сапар объектлеринде олардың келиӯинен 24 саат алдын ҳәм олар қайтып кеткеннен кейин 24 саат даӯамында түсирип қойылады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына тийкар Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланатуғын мәмлекетлик нышанларына байрағына, гербине, гимнине ийе.

Усы орында атап ѳтиӯимиз лазым, Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы менен бир ўақытта Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы көтерилгенде Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы (имараттың алдыңғы жағына қарап турғанда) шеп тəрепинен көтерилиўи керек.

Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы менен бир ўақытта Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы көтерилгенде Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик байрағының өлшеми Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағының өлшеминен үлкен болмаӯы керек, Өзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағының көтерилиӯ бәлентлиги болса Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик байрағынан тѳмен болмаӯы керек.

Көтерилип қойылған байрақтың борлаты жерден ең кеминде 2,5 метр бəлентликте болыўы тийис.

«Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамның орынланыӯын тәмийинлеӯ тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң басшыларына жүклетиледи, ал нызамның орынланыӯы үстинен қадағалаӯ өз ӯәкилликлери шеңберинде Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлиги тәрепинен әмелге асыралады.

Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ Өзбекстан Республикасында турған басқа шахслар мәмлекетлик байрақты ҳүрмет етиўи шәрт.

Еслетипѳтемиз, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.

Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдиллик

                  бөлиминиӊ бас мәсләҳәтшиси