Iqtisodiyot Ярмарка шөлкемлестирилди

Ярмарка шөлкемлестирилди

0
Ярмарка шөлкемлестирилди

Дийқан зүрәәтин жыйнап-терип қыс азық ушын ғамламақта. Базарлар дийқаннын, шарўаның, балықшы менен исбилерменниң мийнетинен өнген азық-аўқатлық өнимлер менен байып атыр. Халықтың мүтәж өнимлеринде баҳаның турақлылығын қадағалаў, қымбатлап кетиўиниң алдын алыўда район ҳәкимлиги тәрепинен арнаўлы график дүзилип, қадағалаўға алынған.

"Тахтакөпир дийқан базары" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген мағлыўматы бойынша 15-октябрь күнинен баслап базарда арзанластырылған баҳада ярмарка шөлкемлестирилген."Сарымсақ" шарўа фермер хожалығы қой гөшин, "Жарқын-Асия" шаңарақ кәрханасы мал гөшин, "Арал-Тахта" ЖШЖ нан өнимлерин, "Досик-Рустик" фирмасы мийўе, палыз, "Жақсымбай-Шарапат" шаңарақ кәрханасы азық-аўқатлық өнимлерди арзан баҳада сатыўда белсендилик көрсетип атыр.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети