Siyosat ИНСАННЫҢ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫ ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН ҮСТИН

ИНСАННЫҢ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫ ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН ҮСТИН

0
ИНСАННЫҢ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫ ҲӘММЕ НӘРСЕДЕН ҮСТИН

Бүгинги күнде биз жасап атырған дəўирде информацияның тарқалыўы жүдə тез пəт пенен раўажланып атыр.

Ҳəр қандай мағлыўматлар секундлар ишинде дүньяға тарқалып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Сонлықтан тарқатылыӯы лазым болған ҳəр қандай мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўры келиўи, жалған болмаўы зəрүр.

Ҳәзирги пандемия дәўиринде интернет тармақларында өз тастыйығын таппаған мағлыўматлар жәрияланыў ҳалатлары ушыраспақта. Атап айтқанда, пуқаралардың денсаўлығы бойынша анық тийкарланған мағлыўматларға ийе болмастан, оларды кеселликке шалынған ямаса өмирден көз жумған деген жалған мағлыўматлар жәрияланбақта.

Нызамшылықта бундай мағлыўматлар тарқатқаны ушын жуўапкершилик нəзерде тутылған.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 40-статьясында: жала, яғный биле тура жалған, басқа бир шахсты шерменде етиўши үйдирмелерди тарқатқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нəзерде тутылған болып, оған бола базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен алпыс есесине шекем жəрийма жазасын тайынлаўға себеп болады, деп көрсетилген.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 46-статьясында пуқараға руўхый яки материаллық зыян жеткизиўи мүмкин болған мағлыўматларды әшкар еткенлиги ушын жуўапкершилик белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 139-статьясында, жала жабыў, яғный биле турып басқа шахсты шерменде ететуғын үйдирмелер тарқатыў, усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин ислеген болса, базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик ислери ямаса еки жылға шекем мийнетке дүзетиў иси жазасы менен жазаланады. Ал, усы статьяның екинши бөлиминде баспадан шығарыў яки басқаша усылда көбейттирилген текст яки ғалабалық қураллары арқалы жала жабыў-базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекем муғдарда жəрийма ямаса үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатқа шекем мəжбүрий жəмийетлик ислери, ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнетке дүзетиў иси, яки бир жылға шекем еркинликти шеклеў, яки бир жылға шекем еркинен айырыў жазасы менен жазаланады, деп көрсетилген.

Сонлықтан ҳәзиргидей аўыр жағдайда пуқаралар арасында бундай қəӯетерге салыӯшы мағлыўматларды тарқатпастан, керисинше ҳәр бир лаўазымлы шахс, ҳәр бир пуқара, журналист ҳәм блогерлер пуқараларды сабырлыққа, бирликке, шыдамлылыққа шақырса, әлбетте бул қыйыншылықларды биргеликте тез арада жеңип шығыўымыз сөзсиз.

Себеби, халқымызда «Жақсы нийет-ярым ырыс» деген нақыл бар.

М.Бекимбетов

Тахтакөпир районы ҳәкимшилик суды баслығы