Siyosat Саўап ислер

Саўап ислер

0
Саўап ислер

Елимизде коронавирус пандемиясы себепли халықтың карантин дәрежесинде болыўы-айырым кем тәмийинленген шаңараклардың дәраматын кемейтиўге алып келгени сыр емес. Мәмлекетимиз тәрепинен "Сақаўат ҳәм көмек" улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде кем тәмийинленген шаңарақлар дизими анықланып, олар ҳәр тәреплеме үйренип шығылған. Жақында 2-сектор тәрепинен Дәўқара аўылында жасаўшы М.Таўбаевтың шаңарағына 4.500.000 сумлық ҳәм Р.Саекеевтиң шаңарағына 5.100.000 сумлық сыйырлар саўға етилди.
Бундай қайырқомлық ислери басқа секторларда даўам етип атыр.