Iqtisodiyot «ҚАРАБАЗАР» ҚУРБАНЫНА АЙЛАНЫП ҚАЛМАҢ!

«ҚАРАБАЗАР» ҚУРБАНЫНА АЙЛАНЫП ҚАЛМАҢ!

0
«ҚАРАБАЗАР» ҚУРБАНЫНА АЙЛАНЫП ҚАЛМАҢ!

Пайда табыўда ҳәр ким ҳәр түрли жолды таңлайды. Кимдур ҳадал мийнети менен табыс тапса, және биреў нызамсыз жол менен пул табыўды гөзлейди. Нөкис қаласында жасаўшы пуқара F.Қдырниязов нызамсыз валюта саўдасы арқалы мийнетсиз дәрамат табыў режесин дүзеди. Бирақ валютапурыштың нәўбеттеги режеси әмелге аспады. Департаменттиң районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илажда F.Қдырниязов пуқара Г.Сейтжановадан 200 АҚШ долларын жәми 1.690.000 сўмға сатып алып атырған ўақтында айғақлы затлар менен усланды. Оператив илажлар даўамында ҳуқықбузардан жәми 100 АҚШ доллары, 38 500 Қазақстан теңгеси ҳәм 7 190 000 Өзбекстан сумы айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Усы ҳәдийсе бойынша Департаменттиң районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 170-статьясы менен ҳәкимшилик иси қозғатылып, ҳуқықбузарға 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

Биз қандай нызамсыз ҳәрекет жасамайық, нызам алдында ҳәмме тең. Солай екен, ҳәр биримиз валюта қымбатлы қағазларын банк мекемелеринде алмастырып, оларды банктен тысқары айланыўына жол қоймасақ, бул тараўда жүзеге келиўи мүмкин болған ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға өз үлесимизди қосқан боламыз.

Умар Уразбаев

Департаменттиң районлық бөлими баслығы