Ma'daniyat «ҚЫЗЛАР-БОЛАЖАҚ ШАҢАРАҚ БИЙКЕСИ»

«ҚЫЗЛАР-БОЛАЖАҚ ШАҢАРАҚ БИЙКЕСИ»

0
«ҚЫЗЛАР-БОЛАЖАҚ ШАҢАРАҚ БИЙКЕСИ»

Аналық ҳаяллар ушын үлкен бахыт ҳәм қуўаныш келтиреди, шаңарақтың татыўлығын беккемлейди. Ана болыў-ҳәр бир қыз баланың ең уллы арзыўы. Жас келиншек ана болыўды қәлейди, нәрестениң туўылыўын сабырсызлық пенен күтеди.

Саламат перзенттиң дүньяға келиўи көбирек ананың денсаўлығына байланыслы. Сонлықтан бүгинги күнде болажақ аналарымыз болған қызларға дыққат-итибар оғада күшли.

Жақында Өзбекистан жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм районлық ҳаял-қызлар комитетиниң  шөлкемлестириўинде «өызлар-болажақ шаңарақ бийкеси, келешегимиз ийеси» ураны астында фестиваль болып өтти. Фестивальдың тийкарғы мақсети-қызлардың билим алыўға болған қызығыўшылығын, жәми­йетлик-сиясий белсендилигин күшейтиў, инталы қызлар қатарын кеңейтиў, сондай-ақ, жәмлеспеген қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың кийиниў ҳәм қарым-қатнас мәдениятын арттырыў, саламат турмыс тәризин  үгит-нәсиятлаўдан ҳәм шаңараққа  таярлаўдан ибарат.

Фестивальға белсенди жаслар, жәмлеспеген қызлар, мектеп ҳәм кәсиплик билимлендириў мекемелериниң оқыўшы жаслары қатнасты.

Фестиваль кешесин Өзбекистан жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы Т.Нагимов кирис сөзи менен ашты.

Буннан соң район ҳәкиминиң орынбасары, ра йонлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы А.Аллиярова, ПҲАЖ бөлими инспекторы А.Ережепова ҳәм районлық медицина бирлеспеси хызметкери Э.Аллашовалар шығып сөйлеп, фестиваль қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Фестиваль қатнасыўшылары өзлериниң дөретиўшилик мийнетлери менен, исбилермен қызлар таярлаған буйымлары менен қатнасты. Сондай-ақ, шахмат-шашка спорт жарыслары шөлкемлестирилди.

Фестиваль жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы ҳәм ойын-заўықлар менен қызғын даўам етти.

 

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА